ЖАСЛАРДЫ ПУБЛИЦИСТИКА ҲӘМ ПУБЛИЦИСТИКАЛЫҚ ТЕКСТЛЕР АРҚАЛЫ ЭСТЕТИКАЛЫҚ ТӘРБИЯЛАЎ
Main Article Content
Abstract
Ғәрезсизлик дәўирдеги жасларды тәрбиялаўда публицистика ҳәм публицистикалық текстлер үлкен әҳмийетке ийе. Публицистика – турмысымыздың ҳәр қыйлы тараўларындағы әҳмийетли мәселелерди, фактлерди, қубылысларды үйрениў ҳәм автордың социал идеалы көз-қарасынан баҳалаўшы, күн тәртибинде турған мәселелерди сәўлелендириўи себебинен дәўир руўҳын бериўши, кең жәмийетшиликке арналған дөретпе болып табылады. Әдебият, көркем өнер, архитектура ҳәм тағы басқа тараўларда келешектеги үлкен дөретиўшиликлер ушын бай материалларды топлап береди. Буннан заман шежиресин бүгинниӊ ҳәм мәңгиликтиң талабы менен жедел шешип барыў сыяқлы ўазыйпа жүкленген журналистиканың қандай дәрежеде жуўапкершиликли ҳәм қырағы болыўы кереклиги көринип турады. Публицистика ҳаққында көплеген алымлар өзлериниң анықлама, түсиник ҳәм пикирлерин айтады.